БҮКЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. Қайырыў, ийиў, қабатлаў, жыйнаў, қатлаў.
Шийшениң тығынын буранда менен ашыўға да асығып түбине сүлгини бүклеп қойып мушы менен дүмпишлеп тығынды ушырып дийўалға тийғизди (Қ.Айымбетов).
— Мениң ағаш ат деген атым бар, керек емес ўақытта бүклеп кисеңе салып қоясаң, .. (ққ.х.е.).