⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БҮРТИК

Қарақалпақша

ат. 1. Адамның терисиниң үстине түртийип шығатуғын өсимте, жара. Мына жас баланың денесин бүртик алып кетипти (Ө.Айжанов). Айырым ўақытларда қол-аяқ буўынлары аўырады, териде бүртиклердиң пайда болыўы мүмкин (газетадан). 2. Ағаш ҳәм тағы басқа да өсимликлердиң бәҳәрдеги көгерип киятырған ўақты, бүртик жарыўы. Бүртиклер көз жарар алма шақасында (Г.Мәтякубова). Тереклер бүртик жарып гүл өседи (газетадан).