⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӘДБАҚ

Қарақалпақша

1 ат. Ғарғыс тийген, иси қайтқан, оңбаған, бахытсыз, бахтықара. Ақырында ол бәдбақ, Қызыл гүлдей солады («Қырқ қыз»). — Әй, бәдбақ, мениң менен олай сөйлеспе, тилим тийеди, ғарғысыма ушырарсаң (Ж.Аймурзаев). 2. кел. Рейимсиз, бузақы, жаўыз мәнисиндеги ғарғыс сөз. Көп ўақ болды сен бәдбақ, Қәдиримди билмедиң («Қырқ қыз»), Бәдбақ жигит бий болса, аўызы айырылмас парадан (Қ.Айымбетов).