БӘДИК
Қарақалпақша
ат. гөн.с. 1. Бурынлары аўырыўларды емлеўде тәўиплер, порханлар қолданған емлеў усылы.
Әрўақ шақырыўдың бир түри бәдик ямаса «гүлапсан» болып табылады (Н.Дәўқараев).
2. Қарақалпақ халық аўызеки дөретпелериндеги жырлардың бир түри, фольклордың киши жанрларының бири саналады.
Ҳаў, бәдик, көшер болсаң жүзгенге көш, Қасын керип қабағын сүзгенге көш (ққ.х.қ.).