БӘЗИРГЕН
Қарақалпақша
ат. гөн.с. Саўда менен шуғылланыўшы адам, кәрўанлы саўдагер.
Я бир масақшы ма, бир жоқ жойытқан жоқшы ма, я болмаса бәзирген бе, ким де болса қасына барып жол болсын сорап өлтирейин де, ...(«Алпамыс»).
Бәзирген өтти дүньядан, Гөруғлы кеткен жутып қан (Бердақ).
Мениң жолым ҳақ бәзирген жолыдур, Мәдет бергей бир қудайым яранлар (Күнхожа).