БӘЛЕНТ
Қарақалпақша
кел. 1. Бийик, жоқары, дөң.
Атаўдын бәлент жерлерин қос әкелип сүргизди («Қырқ қыз»), ...елес-елес көринди, Тайшахандай патшаның, бәленттен қорған қаласы («Алпамыс»), Ат суўғардым бәлент таўдын қағынан, Қырқ жыл дәуран сүрдим ығбал-бағымнан («Мәспатша»).
Неше бәлент таўларды, Асты майдан ишинде («Ер Зийўар»).
2. Жоқары даўыс.
Ҳәмел менен жазықсызды тырнайсаң, Сестиң бәлент, ишиң геўек сырнайсаң, Жарамсақлар жалған мактар көзиңше, Шынын айтсам, бес тыйынға турмайсаң (Т.Жумамуратов).
3. Жақсы турмыс, мәртебе, абырайлы, бахытлы турмыс, жоқары, зыят, артық, Қандай жақсы қыз-ә! Сабырдан анағурлым бәлент (Г.Изимбетов).
Темир таўларында шарқ урған суңқар, Бәлент абырайыңнан бергендей хабар (И.Юсупов).
Қара таўдай бәлент бахыт басымда, Кел досларым, көриң бизиң Нөкисти (И.Қурбанбаев).
0 Бәлент-пәс — бийик ҳәм пәслик жерлерди билдиреди, бир нәрсениң бийик ямаса пәс екенлиги ойлы-қырлы жерлер, тегис емес жер.
Таўларымның көпти бәленти-пәсти, Бизде бардур нешше жаўлардың қасты («Мәспатша»).
Ашылған бағда лалады, Бәленти-пәс, ой салады («Алпамыс»).
Бәлент көгис, пәс көше, Шахмақ көше, тас көше («Бердақ»).
Бәлент-бийик — бийиклик жерлер, бийик бир нәрсе, жүдә жоқары.
...бәлент-бийик Дағыстанда дәрьядай йошып кетип баратырған екен («Мәспатша»), Бәлент даўыс — даўыстың күшли, көтериңки, қатты шығыўы, пәтленип сөйлеў.
...Қумары басылғандай кем-кемнен даўысын бәлентке көтереди (К.Султанов).
Ал, екиншисине қарағанда бириншисиниң даўысы бәлент (А.Бегимов).
Қолы бәлент — жағдайы ҳәр тәреплеме жақсы, зыят, артық, қеўили толық.
...урасы толы адамлардың қолы бәлент (Т.Қайыпбергенов).
Қысқасы, еки нәрестенди биреўден кем, биреўден илгери аш етпей асырасаң қолың бәлент (Ө.Хожаниязов).