кел. 1. Бийиклеў, жоқарылаў.
Бул жердиң мына тәреплери бәлентлеў көринеди (К.Султанов).
2. Күшлирек, көтериңкирек, жоқарырақ.
Кирсе кирсин, бирақ сен узақласып кетпе, мениң даўысым бәлентлеў шықса, басыңды суққайсаң! ... (Ш.Сейтов).
3. Жақсылаў, қотлылаў, мүмкиншиликтиң болыўы, турмыстың жақсыланыўы.
Усы жылы қолым бәлентлеў (Н.Дәўқараев).