БӘЛӘӘТ
Қарақалпақша
ат. I 1. Жаслардың ержетиўи, жыныслық безлериниң ояныўы, раўажланыўы, жыныслық қатнасқа жетисиўи.
Деңгенени бәләәт жасынан өткен, қатыны бар еркек сояды (М.Нызанов).
2. Қызлардың ержетиўи, бәләәтке жетиўи.
..,бул қыз бәләәтке жетип қалыпты, — деп таңланды жигит (газетадан).
Сизлерде ҳаял-қызлар ашық жүреди екен.
Биз, өзбеклер, қызды бәләәтқа жеткеннен соң ең ишкери бөлмеде сақлаймыз (К.Султанов).
Ҳәзир сол қыз бәләәтке жетти (Т.Қайыпбергенов).
ат. II Қатты, турпайы сөз, аўыр сөз, урыс, кейис.
Кемпир Жаббақларды бәләәт пенен аўызын аштырмады (Б.Кербабаев).