⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӘРИ

Қарақалпақша

ал. Ҳәммеси, барлығы, гүллән, тегис, түўел, баржоғы. Бул өмирде бәри табылады, бирақ кеўил табылмайды дейди журт (Ө.Хожаниязов). Бирақ, буның бәринен де нәтийже шықпады (Қ.Айымбетов). Отыр бәри столда, Жарқын жүзи күлимлеп (Б.Қайыпназаров). 0 Бәрибир — базбаяғы, айырмасы жоқ, өзгериссиз, сонда да. Бәрибир хештеңе айтпады (Ө.Хожаниязов). Оған бәрибир, оның өзин азат етип, қутқарып жибермейтуғынын сезип тур (Қ.Ирманов). Тириликке ҳеш нәрсе жетпес, ал бәрибир жатқан менен де босқа қырыламыз (ққ.х.е.).