⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӘТ

Қарақалпақша

кел. 1. Қайтпаў, қарсы сөйлеў, жағымсыз. Өй-бей!... деген кемпирдиң ашшы бәт даўысы шықты (К.Султанов). Елим жырақ, жолым алыс, Мен алдыңа келдим қалыс, Бунша неге бәт урасаң, Ҳәддин болса кел алыс («Мәспатша»). 2. Бузық, жаўыз. Үсти қатпар-сатпар кирлерге батқан, Иси бәт арақтан силеси қатқан (Ш.Артық). Әне тентек қошқар саяқ, Әне жаман бәт саяқ, Жаман Қоңырат болған екен (Бердақ). Бул заманның ғәрти пәлек пе, бәт пе, Яки иштен кетпес таўсылмас дәрт пе (Күнхожа). 3. Ири, сықылы келиспеген, түри әбеший адам. ... түр-түси бәт бир киси шеп билегинен жыландай жабысты (А.Бекимбетов). ...аға бийге бәт түри менен көзин алартып қарады (А.Бекимбетов). 0 Бәтбәшер — а) жаман, сасық ийис. Бул қаланың орта жери еди, саллақхананың бәтбешер ийислери мурныңды жарады (Ә.Шамуратов). б) түр-түси келиспеген, әбеший, турпайы, сықылсыз. Аты әлпайым болған менен өзи сонша сур, бәтбәшер (Т.Қайыпбергенов). Бәт-айбат — әжет, қайсар, қарыўлы, күшли, қайтпас-қара, көк-өжет. Бул өгизде айтың кимниң ҳақы бар, Бул күн де кимлердиң сынбас сақы бар, Маңдайында еки үлкен шақы бар, Сонындай бәт-айбат мениң өгизим (Бердақ). Бәт әдетли — өтирик, жалған, қуяңқышылық пенен шуғылланыў. Өтирик қып халыққа жайып анықты, Бәт әдетли иелер беглерде болар (Әтеш). Бәт урыў — айбат шегиў, айбатланыў, дәпиниў, умтылыў, аларып қараў. Қорқар бала бул жолларға келмейди, Бунша неге бәт урасаң геллеғар («Алпамыс»). Өнип-өскен Сарқоптан, Әзелги жолдас қылышым, Суўырып алып қынаптан, Алартып көзин бәт урып («Қырқ қыз»). Бәт сөз — жаман, турпайы сөз. Қул деп жүрегимди бунша қайтардың, Бәт сөзлерди бизге айттың бийҳая («Алпамыс»). Бәт аўыз — турпайы, уят сөзлерди айтыўшы, урысқақ, жәнжелпаз. Мәрт жигитлер бирин бири қыймайды, Бәт аўызлар айтпай сөзии тыймайды («Алпамыс»). Бәт әдеп — турпайылық ҳәм сыпайысызлық. Сөгиске ары келмесе, бәт әдеп исти сонда көрдим (Әтеш). Бәтҳайбат — 1. Денеси ири, түр-түси әжептәўир, әбеший, сықылсыз. Аўызы аңқайған, мурны тоңқайған, арқалап көмир тасыған, ала көзли, үсти-басы сасыған, түнек түсли, жасы 50ден асқан, бет-аўызын жүн басқан, түрин көрген аўлағырақ қашқан бир бәтҳайбат қара қулды қуўып келди («Алпамыс»). 2. Даўысы ири, қәҳәрли, қорқынышты. — Даўыс соншелли қәҳәрли, соншелли бәтҳайбат шықты ма де, Сәңкибай наганын гезенип, ишкери сүңгигенин билмей-ақ қалды (Ш.Сейтов).