БӨЛЕ
Қарақалпақша
ат. Туўысқан, қаналас ҳәм урыўлас апа-сиңлили қызлардан туўылғанлардың хәммеси бир-бирине бөле болады.
... Насыр Бердимбет ғаррының бөлеси еди (К.Смамутов).
Рәмет Мәлпей менен бөле еди (Ө.Хожаниязов).
— Исиң питкенше бизикинде бола бер, бөле, — деди Серкебай суўыған бир кесе чайын қалдырмай симирип, ... (Т.Қайыпбергенов).
0 Қарын бөле — қаналас, туўысқан қызлардан туўылғанлар бир-бирине қарын бөле болады.
Зәўре менен Айша екеўи қарын бөле (А.Оразов).
— Билемен, кенегеслер дайым.
— Онда қарын бөле болып шықтың ғой (Т.Қайыпбергенов).
Бөле жора — бөле менен жаслас, қурдас, қатар.
Нәпсиңизди алып, хан салғыртын бөле жора жеўди тоқтатасыз (К.Султанов).