БӨЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жас баланы бесикке орап жатқызыў уйқылатыў.
Енди оны қайтадан бесикке бөлейсең бе? (К.Султанов).
Усы ўақта бөпесин бөлеп атырған Сәлийма жалт арқасына қарады (А.Бекимбетов).
Биреўи киндик шешемен, Биреўи өзим кесемен, Өзим бесикке бөлеймен, Деп тартыслар болған екен (Бердақ).
2. Айрықша түр бериў, жанарыў, сән бериў.
Орап алды, көрки менен бөледи, Жыр табылса жырлай бергим келеди (Г.Есемуратов).
Мына дөнди түссең асып, Тоғай жатыр қумды бөлеп (И.Юсупов).
0 Рәҳәтке бөлеў — ҳәзликте жасаў.
Рәҳәтке бөлер жаныңды, Астында азырақ турсаң, Қәне, усы гүжимдей үлкен, Қойыў саялы ҳәм шоқ болсаң (Г.Есемуратов).
Нурға бөлеў — күн нурынан рәҳәтлениў, ҳәзлениў, мийри қаныў.
Жадырап жайнаған күн жер бетин нурға бөледи (Ж.Аймурзаев).
Сазға бөлеў — ҳәр түрли нама менен ҳәзлендириў, рәҳәтлендириў, қанаатландырыў.
Саз даўыслы гармоньға да тил питкен, Кен даланы сазға бөлеп мүлгиткен (И.Юсупов).
Гүлге бөлеў - жақсы сәнге келтириў, түрлендириў, жаратыў.
Гүлге бөлеп қарақалпақ даласын, Шөллерде орнатқан Газлы қаласын (И.Юсупов).
Жипекке бөлеў - молайтыў, көбейтиў, раўажландырыў, байытыў.
Колхоз, совхоз молдан тутар наўканды, Жипекке бөлеймиз уллы Ўатанды! (Ә.Шамуратов).