БӨЛЕК II
Қарақалпақша
кел. 1. Дара, жеке, оңаша.
Стаканларға қуйылып ҳәр кимниң алды-алдына бөлек қойылды (Ж.Аймурзаев).
2. Өзгеше, айрықша.
Бул байрамның басқа байрамлардан бөлек қәсийети бар (газетадан).
3. Шеткери, шетирек, бөлегирек.
Келген бәле жаман елиңнен бөлек, Мысалы үстиңе жығылған терек (Әжинияз).
0 Бир бөлек - пүтин бир тутас нәрсениң бир бөлеги, топары.
Әскердиң арасында ғаўға туўып, бир бөлеги сол заманы қашып кетеди (ққ.х.е.).
Бир кеше жатыр ем көрдим бир аўҳал, Бир бөлек баслары жығалы келди (ққ.х.е.).
Бөлек-бөлек, дара-дара, жеке-жеке, оңаша.
Арқадан жаўған қардайын, Бөлек-бөлек қалады («Мәспатша»).
Көктен ушқан бөлек-бөлек тырналар, Хабарын бер бизиң еллер аман ба? (ққ.х.қ.).
Ҳәр бөлек - айырым-айырым, дара-дара.
Оқыды, илди зейини, Ядланды ҳәр бир, ҳәр бөлек (Б.Қайыпназаров).
Бөп-бөлек - айырым, өзгеше, айрықша.
Қыялынды тартады бирақ, Сийрек ушқан түнги самолёт, Жүрегинди ораған шырмап, Бир қыялдың орны бөп-бөлек (Т.Сейтжанов).
Бөлек-салақ — қалдық, майда, қыйқым, қыйынды, аўысық, майда-шүйде, бөлим-бөлим.
Дәрья абыржы бөлек-салақ суўлар да я қатқан емес, я қатпаған емес, Шайықназар қажының көзиндей суўласып жатты (Н.Бөрекешов).