⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӨЛИНИЎ

Қарақалпақша

ф. Тутас нәрсениң екиге ямаса бир нешеге таралыўы, бөлшеклениўи, топарласыўы. Жолбарыс еки бөлинип аўдарылып түседи (ққ.х.е.). Төрт бөлинип он-оннан, жаў болып бағқа тийеди («Қырқ қыз»). 2. Шақапланыў, айырылыў. Толықсып аққан суў бәҳәрде, жазда кенарына сыймай, еки жағасынан асырылып ағып, тармақ-тармақ бир неше өзеклерге бөлинеди (К.Султанов). 3. Тоқталыў, иркилиў, тоқтап қалыў, бурылыў. Сөз кесилди, бөлинди дыққат, Екеўи де турды жылдам (И.Юсупов). Бирақ, мийи пүтин, ойы басқа жақларға бөлинбекте (Ө.Айжанов). 0 Уйқысы бөлиниў — ояныў, түргелиў. Ол Шолпанның уйқысы бөлингенин оның еки қабатлығынан ғой деп қалады (Г.Есемуратов). Шек бөлиниў — ҳәр бир адамға айырып бөлип бериў, пайын бериў. Қыдырға қарағанда Ақылбек уқыплы ҳәм шаққан, шек бөлиниўден тек ойып кетти де, Қыдыр дәнде қалып қойды (С.Хожаниязов). Қақ бөлиниў - еки жаққа айырылыў, бөлинип түсиў. Қақ бөлинип геллеси, Еки көзи парта шығады («Қырқ қыз»).