БӨЛИСИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Пайласыў, үлесиў.
Аўыл адамлары жыйналып жайынды бөлисип алады (ққ.х.е.).
Табақ толы палаўды бөлисип жеўлери керек ғой (Қ.Айымбетов).
2. Ортақласыў, шериклесиў, биргелесиў.
Сержан өз қуўанышын Әмет пенен бөлискиси келди (Т.Қайыпбергенов).
0 Тең бөлисиў — жарыма-жары, теңбе-тең, теппе-тең.
...мухаббаттың салмағын сүйиклиси менен тең бөлисиўи керек (Г.Есемуратов).
Сыр бөлисиў — қупыя сырды жарыласыў, ортақласыў.
Балалар менен сырласып, сыр бөлисти, Ата, бала баўырласып енисти (А.Дабылов).
Тәжирийбени бөлисиў - ортақласыў, шериклесиў, биргелесиў.
Ол балалар менен буннан алдын сөйлесип бирдей тәжирийбесин бөлисип жүреди (Г.Есемуратов).
Ойларын бөлисиў — пикирине ортақласыў, шериклесиў.
...алғаннан сон да келешек туўралы ойларын бөлиседи (Г.Есемуратов).