БӨРТИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қызарыў, қысыныў, бозарыў, шертип, түртип, қызара бөртип, шығарды қайғылы дәртти, Көрдиңлер ме ондай мәртти («Мәспатша»).
2. Денеге майда бөртик шығыў, жара шығыў, бужыр болыў.
Халықдардың бет-аўызы қан, Тула бойы искен, бөрткен (Ж.Аймурзаев).
3. Жибиў, жумсаў, босаў.
...табақтағы гүришке ыссы суўды куйыўдан бөртип кетти (ққ.х.е.).
4. Көгериў, бүртик шығарыў, өсиў, шығыў.
Сөўирдин шамалы есип, жаптың музлары ерип, тереклер бөртсе де, суўық кыстың қөҳәри толық кетип, бәҳәр, паслы болып кете қойған жоқ (Ә.Шамуратов).
0 Бөртип-бөртип кетиў — қызарыў, бозарыў, бужырланыў, майда бөртик шығыў.
Ғаррының шырайы өзгерип, суўыққа тоңғандай бөртип-бөртип кетти (Т.Халмуратов).