⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ВАГОН

Қарақалпақша

ат. Темир жолларда жолаўшы ҳәм жүклерди тасыўға арналған, ашық яки жабық (үй) формадағы дөңгелекли арнаўлы қурылма. Темир жол вагоны. Трамвай вагоны. Вагон оғы. Шығыстан Батысқа қарай жүрген адам тасыўшы поездлардың ишинде, қосымша арнаўлы вагон, составтың басына тиркелип келди. Жүклердиң кейнине тиркелген сан белгиси жоқ бул вагон сыртлай қарағанда басқалардан өзгеше емес еди (Ш.Айтматов). Ең шетки жолда гурған кран «тумсығын» көтерип, вагонлардағы сым ҳәм қаңылтыр менен мықдап шегеленген ящиклерди саллаңлатып гүсирип атыр (Ш.Айтматов). Вагон оңлайтуғын завод. Ескирген, бузылған вагонларды онлаўға арналып жаратылған завод. Жолаўшы вагон. Жолаўшыларды тасыўға арналған вагон. Жумсақ вагон. Жолаўшылардың жатып-турыўына, дем алыўына қолайластырып жаратылған, еки адамлық жайлы вагон. Жүк вагоны. Жүк, зат тийелетуғын вагон. Плаңкартлы вагон. Жататуғын орны бар, арнаўлы бөлекке бөлинген, есиги болмайтуғын вагон.