ВАКХАНАЛИЯ
Қарақалпақша
ат. 1. тар.
Әййемғи Римде шарап пенен той-тамашаның қудайы Вакхтың хүрметине өткерилетуғын байрам.
Дәслеп вакханалия жасырын түрде түнде өткерилди, оған тек ғана ҳаяллар қатнасып, 16—17- март күнлери Авентин төбешигине жақын жердеги Симилия бағында жыйналды.
Соңын ала мәресимге еркеклер де қатнаса баслады ҳәм хәр айда бес мәрте байрамлар өткерилетуғын болды (Тарийх сабакдығынан).