⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГАБАРИТ

Қарақалпақша

ат. Имаратлар, вагонлар, кемелер, көпирлер, машиналар, туннеллер ҳ.т.б.лардың сыртқы ҳәм ишки шегаралық өлшемлери; ең үлкен сыртқы ҳәм ишки өлшемлери (узынлығы, бийиклиги, ени, кендиги); туннеллер ҳәм көпирлердиң өлшемлери (транспорт қураллары, кемелердиң биймәлел ҳәм қәўипсиз өтип кетиўи ушын); имаратлар, қурылмалардың темир жолға жақын габарити, автомобиль ҳәм автопоездлардың станларт бойынша руқсат етилетуғын габарити ҳ.т.б. Транспорт қуралларының қәўипсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеў тараўында автомобиль жолларында автоматластырылған өлшеў қураллары орналастырылған аўырлық ҳәм габарит қадағалаў бойынша станционар шақапшалар орнатылыўын шөлкемлестириў зәрүр (газетадан). 0 Габарит дәрўаза — үсти ашық темир жол вагонларына тийелген жүклердиң өлшемин, габаритин тексериў ушын қурылған арнаўлы дәрўаза.