ГАБИОН
Қарақалпақша
ат. (итал.
gabbione — үлкен тор) Тас толтырылатуғын сым тарлы ящик; дәрья жағалаўларын жемирилип кетиўден асыраў, суў ағымын туўрылаў ҳәм беккемлеў ушын пайдаланылады.
Суўда ағып келетуғын таслар габион сымдарын қырқып кетпеў ушын шетлерине үлкен таслар салынады.
Габионның үсти гейде цемент пенен сыбалады.
Ҳәзирги ўақытлары қала көркине көрк қосыў ушын пайтахтымызда габион, яғный тасларды услап турыў усылынан кеңнен пайдаланылмақта (газетадан).