ГАМАЗИТЛЕР
Қарақалпақша
биол.
ат. (Gamasoidea) Паразитоформ кенелердиң үлкен тодасы, 3000 нан артық түри бар.
Денесиниң узынлығы 0,3 — 4 мм, сарғыш-қоңыр рең.
Қан сорыўға жақсы ийкемлескен.
Гамазитлер қуслар денеси, мурын бослығы, өкпеси ҳәм ҳаўа қалташаларында, айырым түрлери кемириўши ҳайўанлар ининде ҳәм денесинде жасайды.
Жылына 8—10 мәрте нәсил қалдырады.