⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГАНГРЕНА

Қарақалпақша

мед. ат. Гангрена, өли ет, биологиялық тоқыма ямаса қандай да бир ағзаның қан тәмийинлениўинин бузылыўы ақыбетинде жансызданып, ирип набыт болыўы. Адам денесиндеги сынған сүйекти өз ўақтында емдетпесе жеги гангренасына айланыўы мүмкин. Тәўип жарақаттың аўыр, яғный гангрена (шириў) кеселлиги екенлигин айтыпты, егер бармақты кесип тасламаса кеселлик пүгкил қолға өтетуғынлыгын айтыпты (ққ.х.е.).