⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГАРДЕРОБ

Қарақалпақша

ат. 1. Ишине кийим илдирип ямаса салып қойыў ушын арналған шкаф. 2. Жәмийетлик жайларда үст кийимди шешип илдирип қойыўға арналған орын ямаса бөлме. Театрға келген адам ең дәслеп гардероб хызметкерлери менен дусласқаны ушын, сахнаға роль атқарыўға шыққан актёр өзиниң барлық жеке машқалаларын, өмир тәшўишлерин, турмыс ғалма-ғалын «шешип» гардеробқа қалдырып, бар дыққатын, итибарын сол ойнап атырган ролине қаратыўы, тамашагөйге тийкарғы руўхыи азықты жеткерип бере алыў ўазыйпасын жүклейтуғын шығар, итимал («ЕҚ» г.) 3. Бир адамға тийисли кийим-кеншек.