⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГАРМОНИЯ

Қарақалпақша

ат. (грек, harmonia — байланыс, сәйкеслик) 1. Музыканың тийкарын аңлататуғын белги; үнлеслилик, үйлесимлилик. 2. Музыка өнериниң белгили бир изертлеў тараўы, арнаўлы музыка оқыў орынларында өзлестирилетуғын ямаса үйренилитуғын пән. 3. Бир-бирине сай келиў, үнлесиў, үйлесимли болыў. Жәмийетти гилең жаслар басқарса комедия, тек жасы үлкенлер басқарса трагедия, ал жасы үлкен ҳәм жаслар бирге басқарса гармония'. («ҚЖ» г.). Дүньяда әзелден гармония болғанында — ҳәлек болмас еди адамлар тасларды қашап, өз идеяларын жәриялап айлы әлемге (С.Ибрагимов).