ГВАРДИЯ
Қарақалпақша
ат. әск.
(итал.
Сиагбиа — сақшылар) Армияда айрықша сайлап алынған әскерий бөлими.
Гвардия дөслеп Италияда XII әсирде пайда болып, мәмлекет байрағын корғайтуғын сайланды әскерий бөлим болған.
Соңыман ишки (патшаларды қорғаўшы) ҳәм сыртқы (жаўынгерлик мақсетте) әскерий бөлимлерге бөлинип, басқа бөлимлерге салыстырғанда қурал-жарағы, кийими ҳәм алған тәлими менен өзғешеленеди.
Бурынғы аўқам дәўиринде 1942-жылы урыс пайытында жәрияланған, айрықша қаҳарманлық көрсеткен әскерий бөлимлер, кемелер ҳ.б.
берилген хүрметли атақ.
Миллий гвардия.
1. Бир қатар Батыс мәмлекетлерде әскерий ҳәм әскерий-полиция бөлимлериниң атамасы.
2. Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы курамындағы бир қанша мәмлекетлерде турақлы әскерий дүзилмелер атамасы.
ӨзР Министрлер Кабинетиниң 1992-жыл 23-январьдағы қарарына муўапық Республика Қураллы Күшлериниң структуўралы бөлимшеси — миллий гвардия дүзилди.
Гвардиям — сақшыларым, Тилегимиз саў бол жаның, Жерге бағыш ойың-аңың, Сизлер менен Ўатан тыныш (У.Тажимуратова).
0 Ески гвардия — бир исте сыналған ғайраткер.
Жас гвардия — жәмийетлик иске, жедел қатнасқан жаслардың бөлеги.
Ақ гвардия — гражданлық урыс жыллары контрреволюцияшылық әскерлердин жалпы аты.