⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГЕГЕЛШИЛИК

Қарақалпақша

ат. филос. Гегель тәлийматын раўажландырыўға ҳәрекет қылған философиялық тәлиймат. XIX әсирдиң 30—40-жылларында Германияда пайда болған. Гегель тәлийматы ўәкиллери диний мәселелер бойынша пикир жүритиўде Гегельди ортодоксал теизм руўхында талқылаўшы консерватив кексе (оң қанат) гегелшилер (Гешель, Даўб т.б) ҳәм Гегельдиң «мәңги руўх»қа қарама-қарсы рәўиште айырым шахслардың тарийхында өз-өзин анлаў әҳмийетин анықлаўшы жас (шеп қанат) гегелшилер (Руге, Бруно, Баўэр, Фейербах, Штраўс т.б.)ден ибарат.