ГЕГИРДЕК
Қарақалпақша
ат. Аўыз кеңлигин өңеш пенен байланыстырыўшы жол.
Дем алыў жолының улыўма бослықтан кейинги бөлимлерине киретуғын дүзилиси.
Гегирдек созылар, қырыллар тамақ: «Ўа-ҳа-ҳа», «Ўай саў бол», «Ҳа деймен» ... (И.Юсупов).
Көплеген түркий тиллес халықларда «баўыз» сөзи мойын, тамақ, гегирдек, алқым мәнисинде қолланылады («ҚЖ» г.).
0 Қызыл гегирдек болыў — оғада қатты айтысыў.
Дүньяны жаңадан дүзеймиз десип, Қызыл гегирдек боп, қаралай өшип... (И.Юсупов).
Өз гегирдегин ойлаў — өз мәпин ойлаў, пайдакүнем.
Гегирдек кэўреў — аўыс. жеп қойыў, өз мәпине жумсап жибериў.
Гегирдек кесиў, бүркиў — бақырысып сөйлесиў, көтерилип сөйлеў.