ГЕЖИР
Қарақалпақша
кел. Өжет, қырсық, терис минез, терис жоңқа, ҳәкис адам, киси.
Бердан ата бул жигиттиң гежир, қырсық болып өскенин бирден-ақ билип алды (Ж.Сейтназаров).
Басқалар әўметсизлик деп билген нәрселерди, олар турмыс сабақлары деп есаплайды ҳәм гежир болмайды, бундай инсанлардан өрнек алсаң арзыйды (газетадан).
2. Қайтпас, кайсар.
Гежир едим, ашыўым келип, Қайтарсын да олыйдым саған... (К.Рахманов).
Тирсек-мирсек, Өжет, гежир, ғыржық-мыржық... («Қоблан»).
3. Жалқаў, ериншек.