⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГЕЗ I

Қарақалпақша

ат. гөн. с. 1. Шама менен 0,70 см ге тең ески узынлық өлшеўи, аршын. Әшимдейин достының, қылыш берип қолына, Патшаның басын кестирди, Қойды баққан шопанның, Жүрегин қырқ гез өсирди («Алпамыс»). 2. Усы өлшеў бирлигиниң әсбабы. 2. Метр. Хорезмниң қаласын, Сексен гез қара топ пенен, Биринши рет буздырды («Ер Зийўар»).