ГЕЗЕ
Қарақалпақша
1. ат. Үстин шөп бастырып, жән-жағын тасалап қус ямаса басқа нәрсе атыўға қолайластырылған орын, таса, пана орын, пута.
Атларды байлап тасаға, Бир гезеде жатайық («Қырқ қыз»).
Бир-бирине үйкелесип мойынын, Баслағанда қуўанышлы ойынын, Атыўға қолайлап бети сур мерген, Гезеде жасырып турады бойын (Гүлмурат).
Андып жатып әжел мерген гезеде, Ырғып түсти туў шыңнан суңқарымыз (А.Дәрменов).
2. ф. аўыс. Силтеў.
Биреў күлер барынша, аўызы-басын жыялмай, Қол гезеди арман-берман, ҳәрекетин тыя алмай (М.Пирназарова).