ГЕРБИШ
Қарақалпақша
ат. Төрт мүйешли етип қолдан ҳәм заводта саз ылайдан таярланатын қурылыс материалы.
Писирилген (тас) гербиш, күм гербиш, пеш гербиш, отқа шыдамлы гербиш.
Гербиш куйып тапқан мениң де азғантай пулым бар, соның менен-ақ жай баслайық (Г.Есемуратова).
Бирақ, салып питилмеген бул дүнья, Тек гербиштен турмайды-аў деп ойлайман (И.Юсупов).