⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГИЛТ II

Қарақалпақша

р. Гейпара фейил сөзлер менен тиркелип, хәрекеттиң бирден, тез ҳәм шаққан болғанын билдиреди. Ол аржағын айтпай гилт иркилди (Ж.Аймурзаев). Тап усы мәҳәл қыз ойынан жылт етип бир қыял өтти де, ол гилт тоқтап қалды... (Е.Өтепбергенов). 0 Гилт етиў ф. а) Ашыўланыў, түлланыў, шүртланыў, шарта ашыўланыў. б) Бирден мажығыў, мертилиў. Турабайдың тобығы бирден гилт ете қалды («Жеткиншек» г.).