ГИРБИҢ
Қарақалпақша
ат. 1. Исенбеўшилик, сумлық, қаслық, душпанлық, жамандық, кир, патаслық.
Көкирегимде кир, кеўлимде гирбиң болса мен адам емеспен (Ж.Аймурзаев).
Билемен, гирбиң жоқ бул сөзинде.
Сөйтсе де, адамды мақтамаң көзге (И.Юсупов).
Кеўиллерге гирбиң жыйнасаң, Өз жумысың кимди сыйласаң (Мухаммед Хошан).
2. Кир, патас, шаң.
Кеселханадан кеше ғана келгеннен соң ба, үстинде гирбиң жоқ (Т.Қайыпбергенов).