ГИРЕЎ
Қарақалпақша
ат. 1. Қандай да бир нәрсениң, ис-қәрекеттиң болыў ямаса болмаўы ушын келтирилетуғын дәлили, гүўасы, тийкары.
Жарлының жүдеп сасқаны, Жалғызын қояр гиреўге (кқ.х.н.м.).
Тазалық — денсаўлықтын гиреўи.
2. Жанын пидә етиў.
Оқ атылса бирэўге, Жанын қояр гирэўге (И.Юсупов).
Өз намысын тигип қойып гирэўге, Жетип барса сүрниккенди сүйеўге... (А.Даўышбаев).
3. Нур.
Узақ жолға кеткен болса биреўи, Жылай-жылай кетер көздиң гирэўи («Қырқ қыз»).
4. Кепиллик.
— Кейин бизлер Тилепбайды гирэўге қалдырып, хәзир қалғанын таўып келемиз дедик те, шығып кеттик-ғо (Т.Қайыпбергенов).
0 Гиреў тартыў — Гүңгиртлениў, көриўи пәсейиў, гиреўли болыў, соқыр болыў, көзден қалыў, көзли болыў.
Жарық дүнья көрмей болдым әрманда, Жасымнан гирэўли болдылар көзим (Бердақ).
5. Қәде-қәуметке байланыслы үрп-әдет.
Ақшалай да, затлай да, мал менен де бериле береди.
Биреў жай салса, үй тиксе, қайық сатып алса да гиреў апарыла береди.
Гейде гирэўқәде деп те атайды.