⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГҮЎАЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Дизимге алыў шәртли рәўиште юридикалық ҳәдийселерди тастыйықлайтуғын, қол қойылған ҳәм мөр басылған рәсмий хүжжет. Толық емес орта мектепти питкергенлиги қаққында гүўалық. Москвада Шығыс халықларының университетинде оқыдым, районлық қәм областьлық шөлкемлерде жуўапкерли жумысларда иследим, — деп ол Зеленскийдиң алдына гүўалық, қағазларын жайып таслады (А.Султанов). 2. Бир нәрсеге көрген ямаса билгенлиги қаққында гүўа болыў. Гүўалық бериў. Қ.Айымбетовтың гүўалық бериўинше, А.Досназаров Ташкентте, Москвада оқыўға барған жасларға «мә, қарағым, оқы» деп ақша үлестирип берип, оларды оқыў орынларына орналастырады екен (Т.Қайыпбергенов).