ГҮЗ
Қарақалпақша
ат. Жаздың соңынан келетуғын жылдың үшинши мәўсими.
Жүрер едиң көптен берли ойымда, Гүзде сары, жазда жасыл тораңғыл (Т.Сейтжанов).
Еле ғой питкен жоқ гүз паслы, Бирақ, қыс суўығын қаңғытар (К.Рахманов).
Жер сүрсең гүз сүр, гүз сүрмесең жүз сүр (ққ.х.н.м.).
Гүз жаўыны көз жасар төгер, Муңлы қыздың наласындай, Түнерип тур аспан жүзи, Дәрттиң терең жарасындай (Б.Зиварова).
Мыс: 0 Гүз жоқ — Қыс қатты келип, жер муз қала болып, маллар дүзден от таба алмай қалып арық болады.
Сондай жағдайда гүз жоқ деп аталады.
Малда гүз жоқ.