ГҮЗЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қойдың ямаса ешкиниң жүнин сәл өсигирек етип қырқыў.
Кырклық қолға алмаға, гүзеп жүнин қырқпаға, Айдап келип шопанлар («Қоблан»).
2. Жылқының, ешектиң куйрық-жалын қырқыў, кесиў.
Жал куйрығын қойған гүзеп, Күш бермейди шапса дүзеп (Д.Қасымов).
3. аўыс. Күсеў, қәлеў.
Хан улым, үй қурыў ўақгында жеткен, Гүзеп жүргенлер көп тахтыңды шеттен...