ГҮЗЕТИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсени қараўыллаў ямаса биреўди бир нәрсеге болмаса биреўге көз-қулақ болыў, күтиў, қараў.
Турды мерген қыз қарасын гүзетип, Аттың ерин дүзетип (И.Юсупов).
Гүзетип қаласаң изимнен, келсем күтип аласаң тек сен Ўатаным, Ўатаным (М.Жуманазарова).
2. Мәнзилине шығарып салыў.
Көкте Жолшы жулдыз ағып түскендей, Каракалпақлар гүзетип салар уғланын (А.Дәрменов).
3. Аман сақлаў ушын хызмет етиў.
Халықтың денсаўлығын гүзетиў жолында хызмет етиў.