⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГҮЛЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Гүл шығарыў, гүл ашыў. Сен сығалап турғандайсаң-аў, Гүллеп турған ерик артынан (И.Юсупов). 2. Раўажланыў, ҳәўижлениў, алға өрлеў, жоқарылаў. Берилген бул өмир адамға бир рет, Биреў солып атыр, ал биреў гүллеп (А.Дәрменов). 0 Гүллеп қойыў — Айтып қойыў. Билсең өзгелер гүнасын, Тилиңиз гүллеп қоймасын (Ақшолпан Аманияз).