ГҮЛЛИ I
Қарақалпақша
кел. 1. Гүли көп, гүли мол.
Көзлериме гүлли әлем жәннет көринди (Ш.Халмуратова).
2. Гүл салынған, гүл нағысы ойылған.
...Алты қарыс гүлли сары самар толы гөш тартылды (Қ.Султанов).
Аман-саў отырсызлар ма, келин? - деп Улпери жумсақ гүлли көрпешениң үстине шығып отырды (К.Рахманов).
3. Гүл егилген, өсирилген майданша, майданлық.
О, кымбатлым, Баҳаш! Сондағы қарлы қыс, сәўир самаллы, гүлли бәхәр, жәзийрама жаз, алтын гүз қандай өзгеше, қандай татлы еди! (Е.Өтепбергенов).