ГҮМАНЛАНЫЎ
Қарақалпақша
ф. Бир нәрсениң ҳақыйқатлығына исенбеў, гүдиклениў, инанбаў, шек қойыў.
Сезимталлы хаял баласының, мийзамына қарап турып, үйде жатырған Қосыбайдың «наўқас»ынан гүманлана баслады (К.Султанов).
Өмирбек ҳайран болып, пышық жеп кетти дегенге гүманланып, пышығын өлшеп көрсе, саррас еки қадақ шығыпты (анекдот).