ГҮМБЕЗ
Қарақалпақша
ат. 1. Қандай да бир жайдың, мешит, сарай ҳәм т.
б.
курылыслардың дийўалларын өз ара байланыстырып туратуғын, сәнли өрнеклер менен әшекөйленген, шаңарақ тәризли төбе.
Жубы емес тақ гүмбез, Ол гүмбезди көрерсең («Қоблан»).
2. Сулыўлығы менен көзге түсетуғын әшекөйли курылыс.
Жети бирдей ақ гүмбез, жубы емес тақ гүмбез... (ққ.х.ж.).
3. Өз алдына ушы сүйир етип салынған, қазаланған адамның денесин жерлеўге арналған бина.
Үш дийўана бабанды, Жети бирдей ақ гүмбез, Сарайында көрерсең («Қоблан»).
Гүмбези гүзира — гүмбезли жай мәнисинде.