ГҮНАКАР
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсениң болыўына себепши ҳәм айыпкер адам, киси.
Мүмкин, сениң алдында мен гүнакар шығарман (Х.Сейтов).
Хан гүнакар қылғанында, Бийлигинди алғанында (Бердақ).
Назларыңа жипсиз байландым, Гүнакар кулыңа айландым, Көп гөззалдан сени сайладым, Бир күлкиңе ашықпан, жаным (Б.Зиварова).
2. дин. Алланың, қудайдың алдында айыплы адам, киси.
Гүнакар биз емес, бизден басқалар, Жол таўып жүре алмас қара қасқалар... (Әжинияз).
3. юр.
Жынаят ислеген айыплы шахс, айыпкер, жынаятшы.