ГҮРЕК
Қарақалпақша
ат. Қырмандағы айдалған, түйекленген дәнди, ғәллени атып тазалаў ҳәм карды атыў ушын жалпақ тахтайға узын сап пенен сапланған хожалыққа керекли ағаш буйымы.
Гүрек пенен белди алып келе бер (Ө.Хожаниязов).
0 Гүрек жаба — ағаш тисли жаба.
Қоллары гүрек жабадай, Аўызларына қарасаң, Таўдан шыққан жырадай («Қоблан»).
Гүрек тис — алдынғы үстиңги үлкен тис.
Шықыр-шықыр жанылды, Кетилген гүрек ол тиси («Қырк қыз»).