⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГҮРКЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Жаўын-шашыннан, суўықтан, күнниң нурынан сақланыў мақсатында ағаштың жапырақлы шақаларынан, қамыстан соғылған жыллы қос, ықтырма, кишкене баспана. Бай ийт пенен екеўине кишкене суп-сулыў ғана гүрке соғып берди (Т.Қайыпбергенов). 2. Мал туратуғын көлеңке орын. 0 Аптамның кеўли — шошқаның гүркеси. Адам бирэў қаққында еле анығын билмей турып жаман ойға, орынсыз гүманға барыўы.