ГҮРКИРЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Гүлдирлеген сестиң шығыўы, гүлдирмаманың даўысы.
Алыстан шақмақлар шағып күн гүркиреди (А.Бегимов).
Аспанымда гүлдирмама гүркиреп, жалт-жулт шақмақ кепсерлейди бултларды (К.Рахманов).
2. Басқалардан ғөри жақсы турмыста турыўы, жасаўы, аты жайылып даңқы шығыў.
Айбатынан ол баланың жер титиреп, Барды мениң ол үстиме гүркиреп... («Меңлиқал»).