⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГҮРРИҢ

Қарақалпақша

ат. 1. Қандай да бир ўақыяны аўызша баян етиў. Саадий бунда түнеп, патшаға гүрриң етипти жаңалығын талай жердиң... (И.Юсупов). 2. әд. Әдебият жанрларында эпикалық түрге киретуғын хәм бир ямаса бир-еки эпизодты сүўретлейтуғын ўақыялы прозалық шығарма. Гүрриңлер жыйнағы. Бул жыллары қарақалпақ әдебиятында повесть, гүрриң жанрларында да бир қатар шығармалар пайда болды («ҚЖ» г.). 3. Қызғын сәўбет, бәсеки, гәп. Гүрриң қызды арасында бир мәҳәл, Ўақыясы бастан өткен кеткенниң (Р.Парахат улы).