ГӘ
Қарақалпақша
к.
с. Нәубетлесиў, гезеклесиўди билдирип, биргелкили ағзаларды, жай гәплерди байланыстырып келетуғын, қайталанып та қолланылатуғын дәнекер.
Барым болса аямадым қолымда, Маймыл, түлки, жылан жылжыр солымда.
Гә жеңилдим, гәҳи қағып тасладым, Буққы таслап жүргенлерди жолымда (Г.Дәўлетова).
Гә бәлент, гә пәс гөзлеп жолын, Ышқ сарайда, курып салтанат, Жас таңламас екен муҳаббат (Ақшолпан Аманияз).
Гә жаўын буршаққа айланады, гә қар епелеклейди (Т.Қайыпбергенов).
Гүлайымдай сулыўды, гә жамандап, гә мақтап («Қырқ қыз»).