ГӘЗЗАП
Қарақалпақша
ат. 1. Ис-ҳәрекетлери унамсыз, суўқыйды, ҳийлекер, өтирикши адам, киси.
Аңладың ба балам, гәззаптың түрли усылларды таўып жүргенин! (Т.Қайыпбергенов).
2. Зулымлығы басым, жаўыз, мийримсиз адам, киси.
Ҳәдден асып болды гәззап.
Неше сапар қалдым қулап (Бердақ).
Ишки сырың айтпа ҳәр бир нәмәртке, Сырың елге жайып паш етер сени, Уръи-гәззап пенен аўылдас болма, Малыңнан айырып аш етер сени (Бердақ).