ат. (парсы, мәниссиз сөз; сөз; мақтаншақлық) 1. Сөзлер арқалы баян етилген пикир, сөз, сөйлесиў.
— Ол айтқаның бөтен емес-аў! — деп иркилип турды да, гәпин және даўам етти.
— Бирақ, екеўинин кеўли жарасағойса не жақсы.
— Бул мүшкилди бир жеңиллетсе, тек Тилеўмуратов жеңиллетер.
Соған хабарласайық, — деп гәпти түйди (К.Султанов).
2. Сөз жәрдеминде ойын, пикирин билдириў, ойлаў.
Айтыссаң гәп болады, Айтыспасаң дәрт болады (ққ.х.н.м.) Халық уста ғой тымсал сөзге, Бул гәпимди көрмең өзге.
Бир жумбақты айтып сизге, Шешиўин күтсек болады (И.Юсупов).
3. Мағлыўмат, хабар, мыш-мыш гәплер.
Көп гәп қулаққа жақпас (ққ.х.н.м.) 0 Өсек гәп — көмирдей нәрсе, өртемегени менен, күйе жағып таслайды (Лўи Арагон).
4. Улыўма қандай да бир ис, ўақыя, ҳәдийсе ҳ.т.б.
Ана кирпик болса, перзент көз болар, Перзент — кептер, ана — зер гүмбез болар.
«Аналық қақыны толық өтедим», Деген гәп кенеўсиз курғақ сөз болар (И.Юсупов).
5. Өкпе, гийнени андатады.
Ксулиңизде сонша гәп бар екен... Анасы гәпке туўған — Гәпке шешен, билгирсымақ.
Аўыр гәп — 1. Кеўилди, жүректи аўыртатуғын, адамға азар беретуғын гәп, хабар; Бирин-бири сыйлайды, Аўыр гәпке қыймайды, Болған емес сөгиспе, айтысады дегишпе (Т.Жумамуратов).
2. Қыйын мәселе.
Әне сондай гәплер — иелер (жағдай) сондай.
Басқа гәп еди — басқаша ис тутыў мүмкин еди.
Бирәўге гәп бермеў — адамға сөз бермеў, өзиниң ғәпин макуллатыў.
Бир гәп бар — қандай да бир сырлы (мәлим, белгили болмаған) нәрсе, гәп бар.
Ал, мьшада бир гәп бар бала! — деди Сапар Жумабайға қарап: — Кднжығасын қызартқан шығар! — деди Жумабай (К.Султанов).
Гәпти балалатыў — гәпти көбейтиў, гүжитиў.
Сөз үстине қосып сөзди дөндирген, Гәпти балалатып кеўил бөлдирген, Сеўип сөзди «дәстан» қылып өндирген, Кдлта-қалта сөз арқалар өсекши (Х.Аманжолов).
Бир гән болар — ақыры (кейни) бир нәтийжеге барьш соғар менен тамамланар.
Ертең бир гәп болар деп үмит етемиз, бирақ кеше қеш нәрсе қылмағанымыз ушын да ертең де қеш нәрсе болмаўы анық («ҚЖ» г.).
Бир гәп болды ма? — қандай да бир ўақыя, қәдийсе жүз берди ме? Болатуғын гәп — әмелге асыўы мүмкин болған туўры пикир.
Болатуғын гәп сол қараң; Гәптиң посгеллеси.
Гәптиң посгеллеси бул жазыўдағы: Ой ийесин-бүркит билип таўдағы, Өз кәсиби жыртқышлары аўлады, Буны сезғир сезим сезер, бирадар (И.Юсупов).
Болмаған гәп — бийкар, жоқ нәрсе; дәлилсиз, жөнсиз нәрсе.
Бул бар гәп — бул қақыйқат, анық зат.
Гәп алыў — бир нәрсе, жумыс қаққында бирэўдиң пикирин, мақсетин билип алыў, мағлыўмат алыў.
Гәп апп>иў — гәп баслаў, сөйлесиў.
Гәп арамызда қалсып (ямаса гәп усы жерде қалсын) — сыр сақлаў мәнисинде айтылған; ортамызда қалсын, ортамыздағы гәпти, бул нәрсени қеш ким билмесин дегени.
Қысынбаң, гәп арамызда қалады, деген ең белгили жалғанлар менен арбаўын мүмкин, бирақ бәрибир оған да исенип болмайды («ҚЖ» г.).
Гәп атыў (ямаса қатыў, таслаў) — бирэў менен ҳәзиллесиў ямаса ашыўына тийиў ушын ирония, метафора мәнисинде гәп айтыў; сөз атыў; шағып алар сөз айтыў.
Кдзығы қағыўлы жиби қолымда, Гәп атып турғанша Еркин жоғында (Ақшолпан Аманияз).
Гәп бар — бир нәрсениң жөнин билиў, сол гуўралы гүманланыў.
Деген гәп бар онлайнда қалады, оқыў жылы усылай тамамланады, Май айының 25и болғанша, Бизиң ҳаял точно жилли болады (А.Алик).
Гәп болыў — көбинесе унамсыз, ал базда унамлы жағынан сөз болыў, тилге алыныў, аўызға алыныў (басқалар талқылаўына түсиў, жақсы ҳәм жаман тәрепи жағынан әңгиме қылыў).
Шыдайман бул жаўынға, Өмир берген даўылға, Бирағы бул аўылда, Гәп болармыз ярым-аў (М.Кдртбаева).
Гәп бул жақта — мәселе басқа жақта (тәрепте).
Гәп бунда (онда) емес — бул тийкарғы мәселе емес.
Гәп бундай.
Гәп гэўлэў — гәпти айландырып, түрли мағлыўматлар алыў, гәптиң изин еле де барластырыў.
Гәптиң ийни келиў — айтатуғын ўақыттың келиўи, имканияты болыў.
Бендешилик тек күлиўге жараймыз, Өзиңе сыйынып жолға қараймыз, Сәз таба алмай гәптиң ийни келгенде, «Пийрим Палўанияз» деп мәдет сораймыз (Ә.Әжиниязов) Гәп еситиў — бирэўден ескертиў алыў, сөгис еситиў.
Гәп қылы.
— сөз етиў, биреў ямаса бир нәрсе туўралы айтыў.
Өзгерген бе? Адам жүрер тил менен, Айта берер, сырды билген-билмеген.
Гәп қылар-аў бахытьшды күнлеғен, Мен тәрепке есигинди жап енди (А.
3ергер).
Гәп келтеңде, атаңды аяма! — мәселе ортаға тасланып атырғанда, сын пикир билдирип атырғанлығында, хеш кимди қәтере қылмаў мәнисинде.
Тапсаң тап ал сәзлеримниң қәтесин, Табылмаса намыс пенен дәртлесиң, (гәп келгенде аямаған әкесин, Ал ким ж аман?....Сирә Өжет жаман-а?!) (Ө.Байназаров).
Гәптиң ебин табыў — есабын таўып пикирин жеткериў, билдириў.
Гәптиң ебин тапса, мал жибин табады (ҚҚ.Х.Н.М.).
Гәп жоқ.
1. әжайып, жүдә зор екенлигин андатады.
2. Әлбетте, басқаша болыўы мүмкин емес.
Гәп жөплэў — сөз баслаў мәнисин аңлатады.
Кудайберген сақалын қайырып жалмап, бираз үнсиз отырды да, гәп жөпледи (Ш.Сейтов).
Гәпи аўзыңда кдлыў — бир себеп пенен сөйлеп атырған ўақьпта тоқтап калыў, гәпи үзилип кдлыў.
Гәпи бир жерден шығып — хәммениң пикири бирдей болып шығыў, пикирлери бирдей болыўға шәртлесиў.
Гәпи есилиў — гәптиң бириншиси екиншисине үйлесиўи.
Буннан соңғы олардың гәпи есилип кете бермеди (Т.Қайыпбергенов).
Гәпим гәп 1. Сөз бериў мәнисинде; 2. Соңғы, ақырғы қарарын қабыл еткенде қолланылады.
Гәпин алыў — гәпин уғыў, айтқанды тыңдаў.
Гәпин илип кетиў (ямаса аўзындағыны жулып алыў) — бир адам сөйлеп атырғанда, екинши бир адам оның гәпин тоқтатып, өзи гәп баслаў, изин даўамлап кетиў.
Гәпин жоғалтып қойыў — белгили бир руўхый тәсир нәтийжесинде айтылып атырган гәптиң (пикирдиң) даўамын умытып қойыў; өзин жоғалтып, не айтарын билмей қалыў.
Гәпин еки қылмаў (етпеў) — биреўдиң айтқанын (өтинишин, усынысын) орынлаў.
Бир гәпин еки етпеои хаслан, «Куллық!» болды сөзи, әўеле бастан (А.Өтепбергенов).
Гәпин еки қылыў — бирэўдиң айтқанын (өтинишин, усынысын) орынламаў.
Гәпиң бар ма? Не айтасаң, не гәпиң бар? Гәпке кириў — сөзге кулак асыў (салыў), айтқанды қылыў бойсыныў.
Гәпке кирмэў — сөзге кулақ аспаў (салмаў), айтқанды қылмаў, бойсынбаў.
Гәп көп — қандай да бир машқала, сырлы нәрсе барлығын аңлатады.
Басшысы бар-халқы менен иси жоқ, Айта берсең гәп көп, айтпайын десең шара жоқ (пародия).
Гәнке кулақ түрмэў — қоңсы-қоба билмесин, Гәпке кулак, түрмесин (Б.Узақов).
Гәп көтере алмаў — ашыўшақ, сын пикир көтере алмаў, күйгелек.
Гәпке салыў.
1. Жақсы гәп пенен жолга салыў; 2. Гәп пенен бәнт қылыў, түрли сораўлар берип, мағлыўматлар алыў, ўақыяны анықлаў.
Гәпке тон кийгизиў — Гәпти пахтаға (қағазға) орап сөйлеў, безеп сөйлеў; асырып (үлкейтип, улғайтып, қопсытып, қосып) айтыў.
Гәп қарны — Гәптиң төркини, тийкары.
— Олай болса айт, гәп қарны не болады? — Гәптиң қарны кулақ болады ханымыз... (Т.Кдйыпбергенов).
Гәп қайтарыў — өжетлик, қайсарлық етип, сөзге кирмеў, урысыў, жәнжеллесиў.
Гәп қозғаў — биреў ямаса бир нәрсе қаққында гүрриң табыў ямаса сөз етиў.
Гәп қылыў.
1. Ҳәмме жерде айтыў, гәп тарқатыў.
2. Бир адам ҳаққында натуўры пикир тарқатыў.
Гәп қыламыз, жети үйге желалмай, Жоқлығында жанса, барын бере алмай.
Шаң жуқтырып, өзин айтса биреўлер, Естен аўар, өзине қеш кел алмай (С.Кунназаров).
Гәп қыстырмаў — қараң; Гәпке кирмеў.
Гәп қыстырыў — айтылып атырған гәп (сөз) арасына қағытпа сөз киритиў (қосыў).
Гәп өтиў — еки адам арасында ойлы-бәлентли гәп болып өтиўи.
Гәп пенен болыў — гәпке берилип, көп сөйлеў.
Гәп сатыў — болар-болмас мәзи, керексиз гәплерди айтыў, көп сөйлеў, өсек сөйлеў.
Дослықтың да астарында жатар мәп, сырларыңды билип оннан сатар гәп, ийин тиреп турсадағы қатар тап, Өзиңнен өзгеге исенбей-ақ қой (Ж.Карим).
Гәптиң салты.
«Мылтық» деген бул да гәптиң салты гой, Олай дайы ойламаса қалпы ой.
Сөз астарын түсинирдей жигит-ең, Уйқың кепти, көзин кетип қапты гой (Б.Байназаров).
Гәп сол — жуўмақ сол.
Гәп таласыў — өз ара бир пикирге келе алмай айтысыў, урысыў, жәнжеллесиў.
Дослық-арқан пышаққа кесилмейтуғын, Қәте қылсаң өмирлик кеширмейтуғын, Урысқанда, өкпелесең, гәп талассаң, Достың болсын бир мәрте «кешир» дейтуғын (Г.Айтмуратова).
Гәп тамам! — қәммеси анық болды; ис питти, болды; артықша гәпке зәрүрлик жоқ.
Гәп таратыў — бир адам (нәрсе) қаққында жақсы (жаман) сөз тараты (тарқатыў).
Жанлатып, Нөкис,